ҲҮРМЕТЛИ  БӘЎЕТДИН БАЙМУРЗАЕВ!

Сизди бүгинги 70 жыллық мүбәрек жасыңыз бенен шын жүректен қутлықлаймыз.
Ҳақыйқатында да, сиз үлкен талант ийеси, көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың уллы дөретиўши инсанысыз.
Мине усындай әжайып талант ийеси сыпатында Сизиң бир қанша дөреткен сахна шығармаларыңыз тек ғана өз дөретиўшилигиңизде емес, пүткил қарақалпақ мәдениятында ҳәм кинематографиясында үлкен жаңалықлар алып келди.
Сиз 2005-2017-жыллар аралығында“Қарақалпақфильм” киностудиясында режиссёр сыпатында  өз дөретиўшилигиңизди алып барған дәўирде “Түлкишек” балалар юмор сатиралық киножурналының бирнешше санларын, сондай-ақ елимизге белгили хызметкерлердиң өмир тарыйхы ҳаққында ҳүжжетли фильмлерге режиссёрлық қылдыңыз. Әсиресе кино тарыйхында Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың қәлемине тийисли “Уры”, “Курорт”, “Қайсар”, “Өмирдиң үш пасылы” ҳ.т.б бир қанша көркем фильмлерге режиссёрлық етип бул фильмлер халқымыздың нәзерине усынылды ҳәм қарақалпақ кинематографиясы алтын фондын байытпақта.
Сиз әсиресе, жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып, драматургия, мәденият тараўларына қәдем қойып атырған бир қанша жас дөретиўшилерге устазлық етип киятырсыз.
Қарақалпақ театрларында сиз жаратқан спектакллер театр ықласбентлериниң сүйип тамашалайтуғын сахналық шығармаларына айланбақта. Сиз сахналастырған көпшилик спектакллер көркемлик ҳәм мазмун жағынан пуқта исленип тек ғана қарақалпақ халқы емес, бәлки туўысқан халықлар ўәкиллеринде де қызығыўшылық оятып келмекте.
Жәмийетимизде усындай дөретпелериңиз ҳәм адамгершилик пазыйлетлериңиз бенен кәсиплеслер арасында да үлкен абырайға ийе  инсансыз. Улыўма адамгершилик пазыйлетлери менен суўғарылған дөретиўшилигиңиз инсаният руўхый дүньясын байытыў ушын хызмет етпекте.
Әдиўли устаз Бәўетдин Баймурзаев, “Қарақалпақфильм” киностудиясы жәмәәти Сизиң 70 жасыңыз бенен қутлықлай отырып, Сизге узақ өмир, шаңарағыңызға аманлық, дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар ҳәм таўсылмас күш жигер тилейди!

«Қарақалпақфильм» киностудиясы жәмәәти